“СУЛТАМУРАТ” АЎЫЛЫНДАҒЫ МЕКТЕПКЕ СПОРТ ЗАЛ ҚУРЫП БЕРИЛДИ.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының
А. Досназаров аўыл пуқаралар жыйынына болған сапарында, аўыл халқы 14-санлы мектеп қасынан спорт зал қурып бериў бойынша мүрəжат билдирген еди. Бул мүражат көп узамай өз шешимин тапты ҳәм Қарақлпақстан Республикасы жергиликли бюджети есабынан 1 600 000 000 (бир млрд алты жүз миллион) сум қаржы ажыратылып, мектеп имаратына қосымша 12х24 өлшемдеги спорт зал заманагөй үлгиде қурып берилип, пайдаланыўға тапсырылды. Имарттың ашылыў салтанаты болып, оған район ҳәкими У.Утамбетов, аўыл жас үлкенлери менен қурлысшылар қатнасты. Усы күни  спорт залдың ашылыў мүнәсебетине байланыслы спорттың “Волейбол” түринен қыз-баллар арасында район ҳәкиминиң кубоги ушын жарыс шөлкемлестирилди. Оған Қараөзек, Нөкис қаласы, Мойнақ, Беруный, районларының ең күшли командалары қатнасып, өз-ара беллести. Жарыс жуўмағында I-орынды Қараөзек,  II-ҳәм III-орынларды Нөкис қаласынан келген спортшылар жеңип алды. Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлықлар менен естелик саўғалары тапсырылды.