РАЙОН ҲӘКИМИ «А.ДОСНАЗАРОВ ҲӘМ С.КАМАЛОВ» АПЖ ЖАСЛАРЫ МЕНЕН УШЫРАСТЫ.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм оларға жер ажыратып бериў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелериниң бири есапланады. Усы мақсетте район ҳәкими, тийисли тараў басшылары менен райондағы «А.Досназаров» ҳәм «С.Камалов» АПЖ ларынада болып, жаслардың мүрәжатларын тыңлады. Ушырасыўда жаслар егислик жерлерди алыў тәртиплери, жеңиллетилген кредит пайызлары ҳәм олардың төлемлери бойынша тараў басшыларынан түсиниклер алды. Соннан 13 жасқа фермер хожалықларынан жер ажыратылатуғын болып, 3 жасқа жеңиллетилген кредитлер жәрдеминде өз исбилерменлигин жүргизиў бойынша жәрдем беретуғынлығы айтып өтилди. Ушырасыў жаслардың сораў жуўаплары менен даўам етти.