Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018-жыл 12-май күнги “Уллы жазыўшы ҳәм шайырлардыӊ мийрасларын кеӊ үйрениў ҳәм үгит нәсиятлаў мақсетинде жаслар арасында китапқумарлықлық таӊлаўын шөлкемлестириў ҳаққында“ғы ПҚ-3721-санлы ҳәмде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 2020-жыл 14-декабрь күнги “2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий дәстүрин тастыйықлаў ҳаққында” ғы 781-санлы қарарына тийкар “Жас китапқумар” таӊлаўыныӊ районлық басқышы шөлкемлестирилди. Таңлаў жуўмағында 10-14 жас категориясында Жумабеков Руслан, 20-30 жас категориясынан Сагатдинова Гоззаллар жеңимпаз болып, республика басқышына жоллама алды. Жеңимпазлар район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалар ҳәм дәрежели диплом менен сыйлықланды
Skip to content