“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” мәмлекетлик бағдарламасы додаланды.

Бүгин район ҳәкимиятының мәжилислер залында ушырасыў болып өтти. Оған Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңес депутатларыҳәмде район ҳәкиминиң орынбасарлары, районлық сектор басшылары, мәкеме ҳәм пуқаралар жыйынлары басшыларыменен ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты. Мәжилисти район ҳәкими У.Утамбетов басқарып барды. Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының он екинши жалпы мәжилисинде қабыл етилген нызамлар, көрип шығылған мәселелер, 2017–2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес әҳмийетли жөнелиси бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын  “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” нда әмелге асырыўға байланыслы  Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында кең түрде түсиниклер берип өтилди. Буннан соң Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ағзасы, Б. Матмуратов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, “Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы” нда әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаның мазмун ҳәм әҳмийетин халық арасында түсиндириў, жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасыўлар өткерип барыўға тоқтап өтти ҳәм өзлериниң пикир усынысларын билдирди.