Қараөзек районлық ХББ-не қараслы 33-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «Математика», “Информатика” пәнлеринен февраль айында өткерилетуғын пән айлық мүнәсебети менен ашық сабақлар шөлкемлестирилиў режелестирилген. Бүгин мектептиң математика пәни муғаллими Г. Отемуратова, тәрепинен “Аралас бөлшеклерди қосыў ҳәм алыў” атамасында ашық сабақ шөлкемлестирилди. Ашық сабақта бир теманы интерактив усылда өтип, видеоролик ҳәм слайдлардан пайдаланды. Ашық сабақ муғаллимлердиң тәжирийбе алмасыўы менен даўам етти.