3-СЕКТОР АЙМАҒЫНДАҒЫ ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАР МҮӘЖАТЛАРЫ ТЫҢЛАНДЫ.

Бүгин райондағы үшинши сектор аймағында жасаўшы “Темир дәптер” де туратуғын ҳаял-қызлар менен ушырасыў өкерилди. Оған районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының ҳаял-қызлар бойынша орынбасары З. Жақсымова, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық  қабыллаўханасы баслығы Б. Мамутов районлық Әдиллик бөлими баслығы О. Джуманиязов ҳәм районлық ИИБ баслығының орынбасары С. Төреевлар қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында исленип атырған жумыслар, билим ҳәм кәсип-өнер үйрениўге мүтәж қызларды бийпул оқытыў ҳәм оларға ҳуқықый мәсләҳәтлер бериўде жәрдем беретуғынлықларын атап өтти. Буннан соң тийисли тараў хызметкерлери ҳаял-қызларымыз ушын мәмлекетимиз тәрепинен берилип атырған жеңилликлер менен таныстырып өтти. Ушырасыў сораў жуўаплар менен даўам етти.