ДЕПУТАТЛАР ҮЙРЕНИЎ ЖУМЫСЛАРЫН АЛЫП БАРДЫ.

Халық депутатлары Қараөзек районлық кеңеси депутатлары Н. Тилеўмуратов, Ш. Бекниязова ҳәм районлық тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийети менен биргеликте бир қатар тараўларда үйрениў жумысларын алып барды. Онда тийкарынан райондағы социаллық тараў обьектлери ҳәм көп қабатлы турақ жай фондының гүз-қыс мәўсиминде үзликсиз ислеўиниң барысы менен танысты. Үйрениў даўамында бул тараўлардағы машқалалар көрип шығылып, тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.