ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ АКЦИЯ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Қараөзек районлық халық билимлендириў бөлимине қараслы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң әмелиятшы психологы Н. Ажимуратова тәрепинен 14-санлы мектептиң оқыўшы жаслары арасында «Биз өзимизге исенимли жаслармыз – келешегимизге бийпәрўа емеспиз» ураны астында психологиялық акция шөлкемлестирилди. Бул акцияда оқыўшылар менен биргеликте темаға байланыслы шынығыўлар өткерилип, ойлаў қәбилетин раўажландырыўшы, пикирлеў қәбилетин асырыўшы, шаққанлыққа үйретиўши ҳәрекетли ойынлар шөлкемлестирилди. Акция соңында оқыўшылар бос ўақтының үнемли өткенлигин, шаршаў жағдайларының сапластырылғанлығын, руўхый жақтан дем алғанлықларын кеўил кейпиятлары көтерилгенлигин айтып өтип, акция шөлкемлестириўшилерине өз миннетдаршылықларын билдирип өтти. Усындай акциялардың өткерилиўи жасларымыз арасында қолайсыз жағдайлардың алдын алыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериўде унамлы тәсирин көрсетеди деп исеним билдиремиз.