13-февраль күни Аўғаныстанда әскерий ҳәрекетлердиң тамамланғанлығының 32 жыллығына бағышланып, районда байрам илажы болып өтти. Оған район ҳәкиминиң орынбасары А. Джуманиязов райондағы бир қатар жаўынгер ветеранлар қатнасты. Олар дәслеп районымыз орайында жайласқан «Ҳәсиретли ана» естелигине гүл шеңберин қойды ҳәм Аўған урысында қайтыс болған қуралласларын еслеп, руўхларына дуўалар оқыды. Буннан соң ветеранларға байрам дәстурханы жайылып, онда шығып сөйлеўшилер, Ўатанымызда ҳүким сүрген тынышлықтың қәдирине жетиў, жасларымызды ўатанымызға садық етип тәрбиялаў ҳәм сол ўақытлардағы көрген қыйыншылықларын айтып өтти. Илажда Аўғаныстан жеринде қайтыс болған бир қатар шаңарақ ағзаларына байрам саўғаларын тапсырды. Байрам илажы районлық Мәденият бөлими тәрепинен таярланған йошлы концерт бағдарламалары менен даўам етти.