ДИАГНОСТИКАЛЫҚ ТЕСТ СЫНАЎЛАРЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ.

Усы жылдың 14-февраль күни Қараөзек районы халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы мектепте Питкериўшилердиң жоқары оқыў орнына кириў көрсеткишлерин жақсылаў мақсетинде Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими ҳәм районлық халық билимлендириў бөлими тәрепинен питкериўши жаслар ушын диагностикалық тест сынаўлары шөлкемлестирилди. Өткерилген тест сынаўлары илажларында Район ҳәкими орынбасары А. Джуманиязов, Мәмлекетлик тест орайының Қарақалпақстан Республикасындағы бөлими баслығы М.Абдуллаев ҳәмде районлық халық билимленлендириў бөлими хызметкерлери қатнасты. Тест сынаўларына райондағы мектеплерден жәми 188 оқыўшы қатнасып, өз билимлерин сынақтан өткерди. Соның менен бирге, питкериўши жасларға Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы “Жоқары оқыў орынларына тест сынаўлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлары ҳаққында”ғы ПҚ-4319-санлы қарары ҳәмде Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-майдағы “Жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыл етиўде миллий ҳәмде халықаралық баҳалаў системалары сертификатларын енгизиў илажлары ҳаққында”ғы 395-санлы, 2020-жыл 12-октябрьдеги “Улыўма билим бериў пәнлерин билиў дәрежесин баҳалаўдың миллий тест системасын енгизиў ҳаққында”ғы 646-санлы қарарларының мазмун мәниси ҳаққында толық түсиниклер берилди. Бул сыяқлы илажлардың өткерилиўи питкериўшилеримиздиң жоқарғы оқыў орынларына таярлығын асырыўда өз нәтийжесин берери сөзсиз. Районымызда бул бағдардағы жумыслар еледе даўам етеди.