Бес пуқара мүддетиннен бурын жазадан азат етилди.

Әдил судлаў нәтийжелилигин асырыўға байланыслы ҳǝм инсаныйлық прициплерине тийкар, жынаят ислери бойынша Қараɵзек районы суды тәрепинен 15-февраль күни Қараɵзек районы ишки ислер органы пробация топарының усынысы көрип шығылды. Усынысқа тийкар жаза ɵтеп атырған 5 пуқара жазаны өтеў дәўиринде тәртип-интизамларға толық әмел қылғанлығы, мийнетке ҳадал мүнәсибетте болғаны, ислеген исинен шын кеўилден пушайманлығын есапқа алып, жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли түрде азат етилди. Жазаның өтелмеген мүддети даўамында қастан жаңа жынаят ислеген жағдайда, Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 60-статьясында назерде тутылған қағыйдаларға муўапык жаза тайынланатуғынлығы хаққында түсиндирип ɵтилди. Сондай-ақ, район судының баслығы Ж. Алланиязов, жыйналаған пуқаралар менен жынаятшылықтың алдын алыў бойынша ҳǝм оның келип шығыў себеплери ҳǝмде Ɵзбекстан Респуликасы Жынаят кодексиниң статьяларында кɵрсетилген жаза түрлери ҳаққында кеңнен түсиник берип ɵтти.