Бүгин райондағы “Қуралпа” АПЖ да екинши сектор басшылары басламасы менен қәўендерлер есабынан аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 20-21-санлы улыўма билим бериў мектеплерине алыс аўыллардан қатнап оқып атырған 15 оқыўшыға вилоспедлер саўға етилди. Сектор баслығы бул жерде оқыўшы жаслар менен ушырасып, олардың оқып билим алыўы ушын қолдан келген бәрше имканиятларды жаратып бериўин , жақсы баҳаларға оқыўға шақырды. Оқыўшы жаслар ҳәм олардың ата-аналары берилип атырған итибар ушын өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.