2021-жылда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў қала берсе өнерментшиликти қоллап-қуўатлаў мақсетинде райондағы Агроэкономика техникумында Тигиў ҳәм тигиў трикотажы, компьютер оңлаў техниги, компьютер саўатқанлығы жөнелислери бойынша жумыссыз ҳаял-қызларлар ушын қысқа мүддетли оқыў орайы шөлкемлестирилди. Бул оқыў орайында жумыссыз пуқараларды кәсипке оқытыў ушын тәжирийбели устазлар жумысқа алынды. Бүгинги күнде тигиўшилик жөнелиси бойынша жәми 10 жумыссыз ҳаял-қыз 3 ай мүддетке кәсипке қайта оқытылып, сертификатлар менен тәмийинленди.