Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районлық қабыллаўханасы ҳәм Қараөзек районлық әдиллик бөлиминиң басламасы менен район аймағында жайласқан мәмлекетлик органлар ҳәм шөлкемлерде мүрәжатлар менен ислесиў ҳәм атқарыў тәртибине жуўапкер хызметкерлер менен семинар өткерилди. Онда Өзбекстан Республикасы физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатлары ҳаққындағы Нызамы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 12.01.1999-жылғы 12-санлы қарары ҳәм 29.03.1999-жылғы 140-санлы Қарарының талапларына тийкар мүрәжатлар ҳәм хат ҳүжжетлер менен ислесиў тәртиби ҳаққында кеңнен түсиниклер берилип, бүгинги күнде әмелиятта ушырасып атырған мәселелердиң шешими кеңнен додаланды. Сондай-ақ, мүрәжатлар менен ислесиў тәртиби бузылған жағдайда келип шығыўы мүмкин болған ҳәкимшилик ҳәм жынайый жуўапкершилик мәселеси ҳаққында айтып өтилди. Буннан тысқары, «Нызам ҳүжжетлери орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўде мәмлекетлик басқарыў уйымлары ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимият уйымлары басшыларының жеке жуўапкершилигин күшейттириўге байланыслы қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм бул пәрман тийкарында әдиллик органларына жүклетилген ўазыйпалар ҳаққында айтып өтилди. Семинар сораў жуўаплар менен даўам етти.