
Жасларда исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириў мақсетинде Қараөзек районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы улыўма билим бериў мектеплериндеги 11-класс оқыўшыларына «Исбилерменлик тийкарлары» пәнинен оқытыў бойынша тастыйықланған режеге муўапық 2021-жылдың 1-февраль күнинен баслап, «Исбилерменлик субъекти ҳәм оның түрлери» темасында сабақ өтилмекте. Бүгинги күнге шекем район аймағындағы барлық мектеплерде жасларға “Исбилерменлик субъектлери ҳәм оның түрлери”, “Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен ҳәм қайта дизимнен өткериў тәртиплери”, “Шаңарақ исбилерменлиги ҳәм оның абзаллықлары” сондай-ақ, “Мәмлекетлик хызметлерден электрон түрде пайдаланыў” ҳ.т.б темаларда интерактив методта арнаўлы таярланған слайд, роликлер арқалы түсиндирилип, бизнес план бойынша таярланған қолланба материаллар жәрдеминде сабақлықлар өтилди.
Қараөзек районы Мәмлекетлик хызметлер орайы
