Екинши сектор қәўендерлик илажын шөлкмлестирди

Райондағы «Қуралпа» ҳәм «А. Досназаров» аўыл пуқаралар жыйынларында жасаўшы пуқараларды ҳәм ҳаял-қызларды екинши сектор баслығы Н. Джоламанов  улыўма халықлық «Наўрыз» байрамы менен қызғын қутлықлап, социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға азық-аўқатлық өнимлери ҳәм 10 шаңарақтың бәнтлигин тәмийинлеў ушын  ҳәр бирине төрт бастан таўық ҳәм улыўма билим бериў мектеплерине алыс аўыллардан қатнап оқып атырған 18 оқыўшыға велосипедлер саўға етилди. Соның менен бир қатарда  «Қуралпа» АПЖ да жасаўшы Генжебекова Мехрийбан ҳәмде «А. Досназаров» АПЖ да жасаўшы Байжанова Сулыўханларға тигиў машиналары берилди. Жаслар ҳәм олардың ата-аналары берилип атырған итибар ушын өзлериниң миннетдаршылықларын билдирди.