Белгили спортшымыз сыйлықланды.

2021-жыл 16-март күни Қарақалпақстан Республикасында өз дәўиринде спорт тараўында мәмлекетимизди дуньяға танытқан нураный спортшыларды сыйлықлаў мәресими болып өтти.Усы спортшылар ишинде спорттың аўыр атлетика түри бойынша 10 мәрте Өзбекстан чемпионы, Азия ойынларында сыйлы орын ийеси нураный спортшы, жерлесимиз Ережеп Алмағанбетовта  бар.Оның усы күнге шекмги жетискенликлерин есапқа алып спортшымызға  Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен “Өзбекстан спорт фахрийси” көкирек нышаны салтанатлы түрде тапсырылды. Жерлесимизди усындай ерискен табыслары менен район ҳәкимлиги тәрепинен қутлықлаймыз.