БЕРДАҚ АПЖ ДА НАЎРЫЗ СЕЙИЛИ ӨТКЕРИЛДИ

Халқымыз интизарлық пенен күтетуғын жаңа күн ҳәм жаңа пасыл шығыс халықларының жаңа жыл басламасы менен басланатуғын “НАЎРЫЗ” байрамы үлкемизге кирип келмекте.Улыстың уллы күни Наўрыз байрамын Қараөзек районының халқы да үлкен жетискенликлер менен күтип алмақта. Бүгин райондағы «Бердақ» АПЖ да Наўрыз сейили өткерилип, онда район ҳәкими ҳәм аўыл жас үлкенлери бәрше қатнасыўшыларды қызғын қутлықлады ҳәм ҳәр бир шаңараққа қут-берекет, аўызбиришилик, мол ырысқы-несийбе, дийханларымызға молшылық, бәлент қырман жаратыўына тилеклеслик билдирди. Буннан соң  байрам тамашалары басланып, миллий спорт ойынлары, миллий тағамлар көргизбелери шөлкемлестирилип, миллий кийимлердеги қыз-келиншеклердиң сейиллери менен мектеп оқыўшыларының Наўрыз ҳаққындағы қосық тақмақлары, сахналық көринислери бәршеде үлкен заўық бағышлады. Байрам сейиллери басқада аймақларда даўам етип атыр.