Пуқараларға ID карталары рәсмийлестирилип берилмекте

Қараөзек районлық ИИБ Миграция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў топарында Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2020-жыл 22-сентябрь күнги “Өзбекстан Республикасында идентификация ID карталарын енгизиў ис-иләжлары ҳаққында”ғы ПП-6065-санлы Пәрманы талапларына тийкар, биометрик паспорт орнына енгизилип атырған идентификация ID карталарын алыў ҳәм алмастырыў бойынша Қараөзек  районлық ИИБ Мигратция ҳәм пуқаралықты рәсмийлестириў топарында усы жылдың март айы даўамында пуқараларға жами 515 дана ID карта рәсмийлестрилип берилди, пуқараларға ID карталарын толык тарқатыў шаралары көрилди. Соның менен бир қатарда 2428 шет елге шығыў биометрик паспортлар ушын пуқаралардың биометриялық ҳәм биографикалық мағлыӯматлары қабылланды.