Усы жылдың 18-март күни Қараөзек агроэкономика техникумында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ сиясий партиялардыӊ басшылары ҳәм депутатлары менен болып өткен ушырасыўындағы белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларды додалаўға байланыслы ушырасыў өткерилди. Онда «Халықтыӊ исбилерменлик пенен шуғылланыўына ҳәм оларға жер ажыратып бериў, кредитлер ажыратыўда жәрдем бериў» мәселелери сөз етилди.Ушырасыўға O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикалық Кеӊеси аппарат баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси депутаты Ш. Өтемисов, Қараөзек районы мәҳәлле ҳәм шаӊарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығыныӊ биринши орынбасары З. Жаксимова, O’zLiDeP Қараөзек районлық Кеңеси аппарат баслығы М. Абдиганиев ҳәм тийисли тараў ўәкиллери, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар қатнасты.Ушырасыў даўамында ҳаял-қызлар ҳәм жаслар тәрепинен өзлериниӊ түсинбей жүрген сораўлары ҳәм мәражатларына тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен унамлы жуўаплар берилди.