АЛИМЕНТ ТӨЛЕМЕГЕН ПУҚАРАҒА ОН БЕС СУТКА ҲАКИМШИЛИК ЖАЗАСЫ ТАЙЫНЛАНДЫ

2021-жыл 17-март күни ЖИБ Қараөзек районы суды өндирисине Мәжбүрий орынлаў бюросы Қараөзек районы бөлими тәрепинен келип түскен пуқара З.Б ның қарсысына топланған ҳәкимшилик ис материалы көрип шығылды. Қараөзек районында жасаўшы пуқара З.Б. ер жетпеген бир перзентиниң тәмийнаты ушын 5 ай 16 күннен берли жәми 3.369.000 сум алимент пулларын өз ўақтында төлеместен мойын таўлап жүргенлиги ушын пуқара И.М Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниӊ 47/4-статьясының 1-бөлими менен айыплы деп табылып, 15 сутка ҳакимшилик қамақ жазасы тайынланды.