ГЕЗЕКТЕГИ СЕССИЯ БОЛЫП ӨТТИ

Бүгин Қараөзек районы ҳәкимлигиниң киши мәжлислер залында Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиниң гезектеги 33-санлы сессиясы болып өтти. Сессияда Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң усы жылдың 4-5-февраль күнлери Ферғана ўәлаятына сапары даўамында белгилеп берилген үш буўынлы “Мәҳәллебай” ислеў системасын жолға қойыў менен белгилеп берген ўазыйпалары қаралды. Бул мәселелерди Қараөзек районында жолға қойыўды шөлкемлестириў, ҳәм Қараөзек районында 2021-жылда «Абат аўыл» бағдарламаcын әмелге асырыў бойынша қосымша ис-илажлары менен районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 8-санлы улыўма орта билим бериў мектеби директоры лаўазымына бос турған орынға талабанлардың алдағы үш жыллық бағдарламасы тыңланып, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша қарарлар қабыл етилди.