



Наўрыз байрамының тәкирарланбас өзгешелиги бар, ол ҳәр бир үйде, ҳәр бир елде, пүткил жер жүзинде тынышлық ҳәм татыўлықты сақлаўға шақырады. Бул байрамда ҳәр қыйлы өкпе ҳәм гийнелер умытылады, урыс жәнжеллер тоқтайды, өз-ара келисим, татыўлық, адамгершилик жүзеге келеди. Әййемнен келип жеткен бундай мухаддес дәстүрлеримизди қәдирлеў, теберик жасы үлкенлеримиздиң дуўасын алыў ҳәм наўқаслардан хабар алыў бул байрамның және бир пазыйлетлериниң бири болып табылады. Наўрыз улыўма халықлық байрамы мүнәсибети менен районымыздағы ғәрезсизлик майданында байрам сейиллери өткерилмекте. Байрам илажына район ҳәкими У. Утамбетов қатнасты.
Ҳүрметли журт басшымыз тәрепинен халықты, әсиресе турмыс шәраяты аўыр болған пуқараларымызға мүнәсип турмыс шәраятын жаратып бериў мақсетинде кең имканиятлар жаратып берилмекте. Солардың қатарында быйылғы жылда кем тәмийинленген, жалғыз баслы социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларымызға социаллық жәрдемлер көрсетип келинбекте. Әсиресе, өсип киятырған жас әўладты кәмил инсанлар етип тәрбиялаўда, олардың қәлбинде ўатансүйиўшилик, миллий қәдриятларымызға ҳүрмет, тәбиятты қәстерлеп-абайлаў сыяқлы сезимлерди оятыўда бул әййемги байрам үлкен әҳмийетке ийе. Байрам сейиллеринде халқымызға инам етилген концерт бағдарламалары ҳәм сахналастырылған байрам тамашалары жыйналғанларға үлкен заўық бағышлады.