Исбилеменлердиң ҳуқық ҳәм мәплери жолында.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз жалпы ишки өнимлериниң салмақлы үлеси киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлери үлесине туӯры келип атырған тараӯдағы раӯажланыӯдан дерек. Исбилерменлер ушын ең кең имкәниятлар, қолай шәрт-шараятлар жаратылғаны, олардың искерлиги еркинлигин тәмийнлеӯге қаратылған ҳуқықый тийкарлардың жетилистирилип атырғанлығына ҳәм раӯажына тосық болып атырған машқалалар сапластырылып атырғанлығының нәтийжеси болып есапланады.

Журтымызда исбилерменлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯдың институционал дизими жаратылған. Исбилерменлик субъетклерине кредит бериӯ, олардың ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ барысындағы хызметлер көлемиде артпақта. 2017-жыл 15-майдағы «Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъетклериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ бойынша ӯәкили институтын шөлкемлестириӯ ҳаққында»ғы Президент пәрманы әйне сол мақсетке қаратылған.

Пәрманға көре Президент жанындағы исбилерменлик субъетклериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ бойынша ӯәкили институты шөлкемлестирилди. Ӯәкил исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ менен бирге оларды раӯажландырыӯға қаратылған нызамшылықты жетилистириӯ жүзесинен усынысларда таярлайды.

Бул институт жумысларының жолға қойылыӯы исбилерменлик субъектлерин ҳуқықый қоллап қӯатлаӯ, норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерден пайдаланыӯ нәтийжелелигин асырыӯ, әмелдеги нызамшылыққа толық бойсыныӯы жүзесинен орынлаӯ интизамын жетилистириӯде беккем кепил сыпатында хызмет етпекте.

Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ, олардың жумысларына мәмлекет органларының тийкарсыз араласыӯының алдын алыӯ, жеке мүлк қол қатылмаслығының ҳуқықый механизмлерин жәнеде беккемлеӯ мақсетинде шөлкемлестирилген бизнес-омбудсман исбилерменлердиң жақын ҳәм исенимли бирге ислесиӯшисинеайланып бармақта.

Бүгинги күнде Президент жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ бойынша ӯәкилиаппарыты  белгиленген ӯазыйпаларды орынламақта. Исбилерменлик субъектлериниң машқалаларын ӯйренбекте, мүрәжатларды нызамда белгиленген тәртипте шешпекте.

Тараӯда алып барылып атырған реформалар сықлы исбилерменлик субъектлери ушын жаңа имкәният ҳәм қолай шәрт-шараятлар жаратылып атырғаны олардың жумысларында айрықшаәхмийетке ийе болмақта.

Бизнес-омбудсманлар орынлаӯшы органлардың ҳәрекеттеги қателиклерин сапластырыӯ менен бирге бизнестиң раӯажланыӯынада мүнәсип үлес қосады. Сондай-ақ, тийисли мекемелер тәрепинен дәстүрлердиң орынланыӯын бақлап барады.

Бир сөз бенен айтқанда, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаӯ, олардың жумысларына мәмлекет органларының тийкарсыз араласыӯларының ҳуқықый механизмлерин жәнеде кӯшейтиӯ, сондай-әк, исбилерменлик субъетклери ҳуқықларының үстинлиги принципин тәмийнлеӯ мақсетинде шөлкемлестирилген бизнес-омбудсман исбилерменлердиң жақын ҳәм исенимли бирге ислесиӯшисине айланып бармақта.

Қараөзек районындағы Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыӯ қабыллаӯханасы баслығы ӯ.а.        А.Туреев