Қараөзек районындағы А. Досназаров АПЖ да жайласқан “Шарап Бахыт” фермер хожалығында жазлық бийдай егисине арналған көргизбели семинар кеңес болып өтти. Семинарға район ҳәкиминиң Аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары А. Жуманазаров, АПЖ баслықлары менен фермерлер қатнасты. Семинарда тийисли тараў басшылары бийдай егисиниң агротехникасы бойынша қатнасыўшыларға мәсләҳәтлерин берип өтти. Солай етип жақсы нийетлер менен дәслепки тухымлар себилди.