«СУД ҲӘМ ЖАСЛАР» УШЫРАСЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ

Жынаят ислери бойынша Қараөзек районлық суды мәжлислер залында «Суд ҳәм жаслар» ушырысыўы шөлкемлестирилди. Ушырасыўға Жаслар аўқамы Қараөзек районлық Кеңеси ҳәм белсенди жаслар қатнасты. Онда Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Ж. Алланиязов Суд системасының тийкарғы мазмун-мәнисине тоқтап өтип, жасларды мәмлекет ҳәкимяты яғыный нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд органлары системасы  менен жақыннан таныстырды. Буннан соң оқыўшы жаслар өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.