АРНАЎЛЫ ТАКТИКАЛЫҚ ОҚЫЎ ШЫНЫҒЫЎЫ ӨТКЕРИЛДИ

Район аймағында ҳәр қыйлы жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў, оған қарсы гүресиў бағдарында тийисли тараў хызметкерлери тәрепинен орынларда үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта. Әсиресе ҳәзирги бәҳәр айларында аса қәўипли болған «Қутырыў» кеселлигиниң алдын алыўда Қараөзек районы  Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен оқыў шынығыўлары өткерилмекте. Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўын өткериўден мақсет район аймағында эпидемик ҳәм эпизоотик жағдайлардыӊ алдын алыў, қытырыў кесселигине қарсы гүресиў, бул кесселликтиң клиник белгилери пайда болғанда оларға биринши медициналық жәрдем көрсетиў илажлары, оқыў шынығыў даўамында көрсетилип өтилди. Сондай-ақ адамларды қаӊғымай ийтлерден жәбирленбеўи ушын сергекликке шақырды.