Абаданластырыў мәўсимлик ис емес.

Үлкемизге бәҳәр паслының кирип келиўи менен әтирап аймақты абаданластырыў, көше бойларына ҳәм дем алыў орынларына терек ҳәм мийўели нәллерди егиў жумыслары алып барылмақта. Бул иске районлық Абаданластырыў басқармасының исшилери белсендилик пенен қатнасып, районымыздың гүллеп раўажланыўына салмақлы үлеслерин қосып киятыр. Бүгинги күнде район орайында жайласқан көше бойларында 200 дана «Можжевельник» ҳәм баскада  қыябанларға  1000 түп мийўели ҳәм 4000 түп декоратив терек нәллери отырғызылды. Бүгинги  күнде көгерип шыққан нәллерге тәрбия жумысларын алып бармақта. Бул ислер мәўсимлик деп қарап отырмай бәрше пуқараларымызды абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына белсене қатнасыўыңызға шақырып қаламыз.