Пуқараларға ҳуқықый жәрдемлер көрсетилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты баслығы Т.К.Нарбаева ҳәм де Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы М.Қ.Камаловлар тәрепинен 2020-жыл 12-ноябрь күни тастыйқланған Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын жәнеде жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм де коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў бойынша “Жол карта”сы ислеп шығылған еди. Усы мақсетинде Қараөзек районы Әдиллик бөлими тәрепинен Жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды имәратында “Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем” ханасында пуқараларға ҳуқықый жәрдемлер көрсетилди. Бул жумыслар районлық Әдиллик бөлиминде даўам етип атыр.