Қараөзек районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими тәрепинен 27-март күни 16-санлы балалар музыка көркем өнер мектебинде “Мәҳәлле жәмийетимиздиң жарқын жүзи ҳәм ҳүжданының айнасы” ҳәптелиги даўамында ҳаял-қызлар арасында “Қызлар әдеби үгит нәсиятлаўшысы” атамасында көрик таңлаў өткерилди. Таңлаўға АПЖ МПЖ аймақларынан ҳаял-қызлар қатнасып, үш басқыш бойынша өз шеберликлерин көрсетти. Таңлаў көтериңки руўхта өткерилип, таңлаў жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Skip to content