Қарақалпақстан Республикасы суды судьясы А.Керимбаев, жынаят ислери бойынша Қараөзек районы суды баслығы Ж.Алланиязов ҳәм Шымбай районларара эканомикалық судының судьясы З.Балтабаевалар тәрпинен Қараөзек районы аймағындағы «Есим» МПЖ «Қараөзек» ППЖ, «Ғәрезсизлик гүзары» МПЖ ҳәм «Ата-мәкан» МПЖ лары аймағында физикалық ҳәм юридикалық шахс ўәкиллериниң мүражааларын үйренди. Кабыллаўда жәми 19 пуқаралардың мүрәжаатлери көрип шығылып, онда алимент өндириў, үй-жай, жумыс пенен тәмийинлеў, жумыстан нызамсыз түрде шығарылғанларды жумыс орнына қайта тиклеў, напақа тайынлаў ҳәм тағыда басқа мүрәжаатлары көрип шығылды. Қабыллаўда бир пуқараның мүрәжааты унамлы шешилип қалған 18 пуқараның мүрәжаатлары бойынша ҳуқықый түсиниклер берилип, тийисли мекеме кәрханаларға орынлаў ушын тапсырылды.
Skip to content