“Жаслар форумы шеңберинде 5000 қәдем” саламатлық илажы шөлкемлестирилди.

Қараөзек районы ҳәкимлиги, районлық мəкеме-кəрхана ҳəм шөлкемлер менен жаслардың қатнасыўында  “Саламат турмыс тәризи ушын 5000 қәдем”  жойбары шеңберинде узақ аралыққа жүриў ҳəм дене шынықтырыў илажлары алып барылды. Буннан тийкарғы мақсет жәмийетимизде саламат турмыс тәризин кең түрде үгит-нәсиятлаў, ғалабалық спортты жəнеде раўажландырыў, жас әўладты саламат турмыс тәризине үйретиў болып табылады.