Сенаторлар ҳаял-қызлар мәселелери бойынша сәўбетлесиў өткерди.

Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығы, сенатор У. Жалменов ҳәм Өзбекстан Авиация хызметкерлери кәсиплик аўқамлары тараўы баслығы Ш. Менгалиевлер басшылығында сектор басшылары ҳәм де бир қатар мәкеме басшыларының қатнасыўында ушырасыў болып өтти. Ушырасыўды район ҳәкими У. Утамбетов басқарып барды. Онда аймақлардағы «Ҳаяллар дәптери»не киритилген ҳаял-қызлар мәселелери бойынша алып барылып атырған жумыслар талықланды. Ушырасыўда орынларда алып барылған жумыслар менен танысып, «Ҳаяллар дәптери»не киритилген ҳаял-қызлардың мүтәжликлерин толық орынлаў бойынша тийисли тараў басшыларына тапсырмалар берилди.