Шарўа фермер хожалықларына тапсырмалар берилди.

Район ҳәкимлигиниң киши мәжилислер залында быйылғы аўыл хожалығы жылында бәҳәрги егис жумысларына таярлық көриў, өз ўақтында егис жумысларын сапалы алып барыў мақсетинде мәжилис өткерилди. Оған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығының мәсләҳәтшиси М.Абдиров, район ҳәкими У.Утамбетов ҳәм шарўа фермер хожалығы баслықлары қатнасты. Онда шығып сөйлеўшилер районда шарўашылық тараўын раўажландырыў, шарўа маллары ушын жуғымлы от-шөп бирлиги болған жоңышқа егисин шарўа фермер хожалықларында көбейтиў ҳәм егис жумысларын тез күн ишинде баслаў бойынша тапсырмалар берилди.