Мүлк ижарасы бойынша тәреплердиң өз-ара ҳуқықый қатнасықлары Өзбекстан Республикасы Пуқаралық кодексиниң (кейинги орынларда- ПК) 34-бабы менен тәртипке салынады. Буннан тысқары, судлар мүлк ижара шәртнамасынан келип шығатуғын даўларды көриўде Өзбекстан Республикасының «Ижара ҳаққында»ғы Нызамын, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 08-апрелдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы Реже ҳәмде басқа нызам ҳәм нызамасты ҳүжжетлерин қоллайды.
Мүлк ижарасы шәртнамасы бойынша ижараға бериўши ижараға алыўшыға ҳақ есесине мал-мүлкти ўақтынша ийелик қылыў ҳәм пайдаланыў яки пайдаланыў ушын тапсырыў мәжбуриятын алады.
Мүлк ижара шәртнамасы бир жылдан артық мүддетке мөлшерленген болса, тәреплердиң бири юридик шахс болған жағдайларда болса, мүддетине қарамастан жазба түрде дүзилиўи шәрт.
Көшпес мүлк пенен байланыслы ижарасы шәртнамасы мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым. Көшпес мүлк ижара шәртнамаларын мәмлекетлик дизимнен өткериў тәртибине әмел қылмаслық ПКниң 112-статьясына тийкар, шәртнаманың ҳақыйқый емеслигине алып келеди ҳәм ПКниң 114-статьясында нәзерде тутылған питимлердиң ҳақыйқый емеслиги ақыбетлери қолланылады.
Егер тәреплердиң биреўи шәртнаманы мәмлекетлик дизимнен өткериўден бас тартса, екинши тәреп ижара шәртнамасын дизимнен өткериўге мәжбүрлеў ҳаққындағы талап пенен судқа мүрәжат қылыўға ҳақылы.
Шәртнама қандай формада дүзилген болса, оны өзгертиў туўрысындағы келисим де, егер нызам ҳүжжетлеринен басқаша тәртип келип шықпаса, сондай формада дүзиледи. Буннан келип шығып, мәмлекетлик дизимнен өткерилиўи лазым болған көшпес мүлк ижарасы шәртнамасын өзгертиў ҳаққындағы тәреплердиң келисиўи де шәртнаманың ажыралмас бөлеги есапланып, дизимнен өткерилиўи лазым.
ПКниң 538-статьясының мазмунынан келип шығып, мүлктиң ийеси ямаса нызам менен яки мүлкдар тәрепинен мүлкти ижараға бериў ўәкиллиги берилген басқа шахслар ижараға бериўшилер болыўы мүмкин. Ижараға бериўшиниң мүлк ийеси екенлиги мәселесин анықлаўда судлар мүлкке болған ҳуқықын белгилеўши (ийелик ҳуқықы мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги ҳаққындағы гуўалық, алды-сатты шәртнамасы, кадастр ҳүжжетлери, транспорт қуралының техник паспорты ҳәм басқалар) ҳәм ижараға бериўши ҳақыйқатында да мүлк ийеси екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин талап қылады.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 08-апрелдеги «Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртибин жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы 102-санлы қарары менен тастыйықланған Мәмлекет мүлкин ижараға бериў тәртиби ҳаққындағы Режеге муўапық, мәмлекетлик мүлк тек ғана Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активларды басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының жанындағы мәмлекет унитар кәрханалары түриндеги мәмлекет мүлкин ижараға бериў орайлары арқалы ижараға бериледи.
Мүлк ижара шәртнамасы бойынша ижара мүддетин белгилеў ҳуқықы тәреплердиң өзлерине берилген ҳәм бундай мүддет ижара шәртнамасында көрсетиледи.
Егер мүлк шәртнамасының мүддети белгиленбеген болса, шәртнама белгисиз мүддетке дүзилген есапланады. Бунда тәреплердиң ҳәр бири басқа тәрепти бир ай алдын, көшпес мүлк ижарасында болса – үш ай алдын жазба түрде ескертип, қәлеген пайытта шәртнамадан ўаз кешиўи мүмкин.
Ижара мүддети менен байланыслы даўларды көрип шығыўда судлар, тәреплер усы мүддетлерди ижара қатнасықларын тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған шеклеўлерди есапқа алған ҳалда белгилейди. Егер, нызам менен айырым түрдеги мүлк ижарасы шәртнамалары ушын ең көп (соңғы) мүддет белгиленген болып, шәртнама белгиленген усы соңғы мүддеттен артық мүддетке дүзилген болса, бундай шәртнама белгиленген соңғы мүддетке тең мүддетке дүзилген есапланады.
Егер нызам менен айырым түрдеги мүлк ижарасы шәртнамалары ушын ең кем (шекленген) мүддети белгиленген болып, шәртнама усы ең кем мүддетинен кем мүддетке дүзилген болса, бундай шәртнама ПКниң 116-статьясына муўапық өз-өзинен ҳақыйқый емес есапланады.
Егер шәртнамада басқаша тәртип нәзерде тутылмаған болса, мал-мүлк барлық тийисли затлары ҳәм оған байланыслы ҳүжжетлери менен бирге ижараға тапсырылады (техник паспорт, сыпат сертификаты ҳ.т.б). Егер бундай тийисли затлар ҳәм ҳүжжетлер тапсырылмаған болса ҳәм ижараға алыўшы оларсыз мал-мүлктен оның ўазыйпасы бойынша пайдалана алмаса ижараға алыўшы ижара шәртнамасын бийкар етиўди талап етиўге ҳақылы.
Сондай-ақ, ижараға алыўшы мал-мүлктен шәртнама шәртлерине муўапық, егер бундай шәртлер шәртнамада белгиленбеген болса-мал-мүлктиң ўазыйпасына муўапық пайдаланыўы лазым.
Егер ижараға бериўшиниң жазба ескертиўине қарамастан, ижараға алыўшы мал-мүлктен шәртнама шәртлерине яки мал-мүлктиң ўазыйпасына муўапықсыз пайдаланса, ижараға бериўши шәртнаманы мүддетинен алдын бийкар етиўди ҳәм зыянның қапланыўын талап етиўге ҳақылы.
Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис районлар аралық экономикалық суды судьясы Б.Баймуратов