2-АПРЕЛЬ ХАЛЫҚАРАЛЫҚ БАЛАЛАР КИТАПЛАРЫ КҮНИ

1967-жылы Халықаралық балалар китаплары кеңеси 2-апрель сәнесин балалар китаплары күни деп белгилеў ҳаққында қарар қабыл етти. 2-апрель Ханс Кристиан Андерсенниң туўылған күни болып, ол балалар ушын дүнья жүзине белгили бирнеше қызықлы ертеклер дөреткен. Алымлардан бири “Адамлардың ең жоқарғы –сыпаты оның пикирлеўи, сөйлеў мәдениятында көринеди  деген еди. Өсип киятырған жас әўладларды жоқары мәнаўияты, еркин пикирлеўди китаплардан үйренеди. Қараөзек районы ХББ не қараслы 33 санлы мектебинде оқыўшылар арасында дөңгелек стол әтирапында сәўбетлесиў өткерилди. Илажға ӨзМТДП Қараөзек районлық кеңеси баслығы, Халық депутатлары районлық кеңеси  1-санлы “Н.Жапақов” округи депутаты Қ.Жақсымуратов, Қараөзек районы Адиллик бөлими бас маслахатшиси А.Искендеров, Қараөзек районы руўхый ағартыўшылық орайы жетекши қанигеси Ж.Хамитов, мәлимлеме ресурс орайынан хәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери хызметкерлери келип оқыўшыларға китапханлық ҳаққында түсиниклер берип өтти.