Қараөзек районы Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен «Халық арасында Қрим-Конго геморрагик ысытпасы кеселлигиниң тарқалыўының алдын алыўда Айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм бундай жағдайларда ҳәрекет етиўши мәмлекетлик дизиминиң аймақлық төменги тармағы Қараөзек районы буўынына кириўши хызметлер менен биргеликтеги ҳәрекетлери» темасында көргизбели арнаўлы-тактикалық оқыў шынығыўы ҳәм семинар өткерилди. Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўы даўамында Айрықша жағдайлар бөлими, Медицина бирлепеси, Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бөлими, Санитария эпидемиология тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы бөлими, Ишки ислер бөлими ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери тәрепинен Қрим-Конго геморрагик ысытпасы кеселлиги анықланған жағдайда, анықланған орында бул кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў, зәрүр эпидемияға қарсы иләжларды шөлкемлестириў бойынша басқарыў уйымлары күш ҳәм қуралларының өз-ара биргеликте ислесиўин әмелиятда көрсетип берилди. Семинар даўамында тараў қәнийгелери тәрепинен бул кеселликтиң келип шығыў себеплери, олардың алдын алыў усыллары ҳәм анықланған жағдайда бул кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў бойынша әмелге асырылатуғын жумысларға тоқтап өтилди.Арнаўлы тактикалық оқыў шынығыўын өткериўден мақсет район аймағында эпидемик ҳәм эпизоотик жағдайлардың турақлылығын тәмийинлеў, Қрим-Конго геморрагик ысытпасы кеселлиги менен байланыслы болған айрықша жағдайлардың алдын алыў болып табылады. дың турақлылығын тәмийинлеў, Қрим-Конго геморрагик ысытпасы кеселлиги менен байланыслы болған айрықша жағдайлардың алдын алыў болып табылады.