“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылы” бағдарламасы тийкарында мектептиң жоқарғы класс оқыўшыларын кәсип-өнерге үйретиў, теориялық билим көнликпелерин әмелятта қолланыў ушын “Ашық есиклер күни” шөлкемлестирилмекте. Райондағы 31-санлы мектеп муғаллимлери тәрепинен шөлкемлестирилген илаж райондағы Қорғаныўға көмеклесиўши “Ватанпарвар” шөлкеминде өткерилди. Бул оқыў орнында оқыўшыларға Автотранспорт қуралларын басқарыў, Ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм автотранспорт айдаўшылық гуўалықларын алыў тәртиплери бойынша мағлыўматлар берилди. Илаж соңында оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли жуўаплар алды.
Skip to content