Район Прокуроры райондағы 26-санлы мектеп оқыўшылары менен ушырасыў өткерди. Онда мектеп оқыўшылыры менен кеңнен пикир алысып Президентимиз тәрепинен жасларымызға берилип атырған имканиялар билимлендириў тараўларындағы жаңа өзгерислер ҳәм бул бағдардағы шығарылып атырған пәрман ҳәм қарарлардың орынланыўы бойынша түсиниклер берип өтти. Сондай-ақ мектеп оқыўшылары арасында ҳәр қыйлы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўдағы исленип атырған жумыслар бойынша сөз етти. Ушырасыў оқыўшы жаслардың сораўлары менен даўам етти