Қараөзек районы “Мәденият” АПЖ жыйыны аймағындағы районлық ХББне 8-санлы УОББ мектебинде район ҳәкимлиги, Ишки ислер бөлими, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими, “Идирис ийшан” жомъе мешити, Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыў орайы районлық бөлими ҳәм районлық Реабилитация орайы менен биргеликте ушырасыў болып өтти. Ушырасыў даўамында диний кеңпейиллик, жаслар арасында кийиниў мәденияты, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў бойынша тараў қәнигелери тәрепинен кең түрде мағлыўматлар берилди.
Skip to content