“ПЕРЗЕНТИМЕ КИТАП САЎҒА ЕТЕМЕН” АТАМАСЫНДА АКЦИЯ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 14-декбарь күнги “2020-2025-жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў миллий дәстүрин тастыйықлаў ҳаққында”ғы 781-санлы қарарына муўапық апрель айының биринши ҳәптеси “Китапқумарлық ҳәптелиги” етип белгиленген. Сол мүнәсибет пенен районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде “Перзентиме китап саўға етемен” атамасында акция шөлкемлестирилди. Акция даўамында районымыздағы мәкеме, кәрханалар ислеўшилери, мектеп оқыўшыларының ата-аналары тәрепинен мектеп китапханасына китаплар саўға етилди.