Районлық ХББне қараслы 2-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде 7-апрель – “Пүткил жәҳән саламатлық күни” көтериңки руўхта белгиленди. Бул сәне мүнәсибети менен саламат турмыс тәризин беккемлеў мақсетинде үгит-нәсиятлаў жумыслары ҳәм спорт саламатлық ойынлары шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, районлық емлеўхана балалар шыпакери С.Бекниязова ҳәм мектеп мийрибийкеси М.Базарбаевалар қатнасында ушырасыў өткерилип, илаж даўамында оқыўшы жасларға тараў қәнигелери тәрепинен кең түрде мағлыўматлар берилди.
Skip to content