Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2020-жыл 14-декабръдеги “2020-2025 жылларда кытапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап–қуӯатлаӯ бағдарламасын тастыйықлаў ҳаққындағы» 781-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде районлық Мәлимлеме-китапхана орайында Республика Руўхыйлық ҳәм ағартыӯ орайы районлық бөлими ҳәм китапхана хызметкерлери қатнасында дөңгелек стол әтирапында сәӯбет шөлкемлестирилди. Илаж даўамында жасларымыздың кытапқумарлық мәдениятын асырыў, олардың китап оқыўға болған қызығыўшылықларын, интеллектуал қәбилетлерин жоқарылатыў бойынша алып барылыўы зәрүр болған жумыслар бойынша пикир ҳәм усыныслар билдирилди.
