КОНСТИТУЦИЯ КҮНИНЕ АРНАЛҒАН БАЙРАМ КЕШЕСИ ӨТКЕРИЛДИ.

Райондағы 16-санлы балалар музыка ҳəм көркем-өнер мектебинде 9-Апрель Қарақалпакстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенлигиниң
28 жыллық байрам салтанаты кең түрде белгиленип өтилди. Байрам салтанатына райондағы төрт сектор баслықлары, мəкеме, кəрхана басшылары менен ғалаба хабар қураллары ўəкиллери қатнасты. Байрамда район ҳəкими У.Утамбетов,  район прокуроры Н. Джоламанов  ҳəм басқалар шығып сөйледи. Конституциямыз тийкарында елимизде миллий нызамшылық системасы, мәмлекетлик уйымлар, пуқаралық жәмийетиниң институтлары қәлиплести. Социал–экономикалық, сиясий ҳәм әскерий потенциялымыз артып, пуқараларымыздың дүнья қарасы барған сайын өсип бармақта. Базар қатнасықларына тийкарланған ҳуқықый демократиялық мәмлекет, күшли пуқаралық жәмийетин қурыў бағдарында беккем тийкар болып хызмет етпекте-деп атап өтти шығып сөйлеўшилер өз сөзлеринде. Буннан соң бир қатар тараў белсендилерине район ҳəкимлигиниң ҳүрмет жарлықлары тапсырылды. Байрам кешеси  районлық Мəденият бөлими ғайраткерлериниң йошлы концерт бағдарламасы менен даўам етти.