Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы басламасы менен Қараөзек районы “Қойбақ” АПЖ да жүнди қайта ислеў жойбары иске түсирилди. Бүгин район аймағындағы “Ҳаяллар” дәптериндеги бир қатар жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде Район прокуратурасы, районлық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң ҳаял-қызлар бойынша мәсләҳәтшиси менен биргеликте, усы аймақта жасаўшы өнермет апамыз Нағима Нурымбетованың шаңарағына көргизбели экскурсия шөлкемлестирилди. Нағима апа көп жыллардан берли жүнди қайта ислеп, оннан кийиз басыў, гилем тоқыў ҳәм басқада кийим-кеншеклерди қолдан тоқып, жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеп киятыр. Бүгинги өткерилген экскурсияда районнан бир қатар жумыссыз ҳаял-қызлар Нағыйма апаның ислеп атырған жумыслары менен танысып өз-ара тәжирийбелер алмасты. Буннан тысқары, қызығыўшылық билдирген ҳаял-қызларға жүнди қайта ислеў бойынша оқыў курсын шөлкемлестириў режелестирилген.
Skip to content