2020-2025 жылларда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм қоллап–қуўатлаў дәстүринде ҳәр жылы апрель айының биринши ҳәптеси «Китапқумарлық ҳәптелиги» деп белгиленди. Усы тийкарда 2021-жылдың 8-апрель күни Мәлимлеме-китапхана орайы тәрепинен райондағы 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектебинде «Китапқумарлық ҳәптелиги» шеңберинде «Китапханаға китап саўға етемен» атамасында акция болып өтти. Акцияға район ҳәкими ҳәм де райондағы барлық мәкеме, шөлкем баслықлары белсене катнасты. Акция қатнасыўшылары районлық Мәлимлеме-китапхана орайына 196 дана әдебий китапларды саўға ретинде тапсырды. Бул акция 2021-жылдың 10 апрель күнине шекем даўам етеди. Сондай-ақ усы күни 16-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби сүўретшилик өнери бөлими оқыўшыларының салған сүўретлери қатнасыўшылар нәзерине усынылды.
Skip to content