РАЙОНДА ШИГИТ ЕГИСИ БАСЛАНДЫ

Районымызда өткен 2020-жылдың пахта өними ушын 3910,0 гектар майданға 269 фермер хожалықлары шигит егиўди режелестирип, жәми 8400,0 тонна пахта шийки зат өнимин мәмлекет қырманына тапсырыў бойынша фермер хожалықлары менен контрактация шәртнамалары дүзилип, жоба артығына орынлап шығылды. Быйылғы жылы да фермер хожалықлары тәрепинен 4200 гектар майданға шигит егиў режелестирилген. Усы мақсетте бүгин райондағы Қарақалпақ Агрокластер ЖШЖ не тийисли болған жер майданында 2021-жылдың шигит егисине арналған көргизбели семинар болып өтти. Оған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасары С.Хожаметов, район ҳәкими У.Утамбетов АПЖ ҳәм фермер хожалық баслықлары қатнасты. Семинарда шығып сөйлеўшилер шигит егисиниң агротехникасы ҳәм сапалы егиў жумыслары бойынша қәнийгелер мәсләҳәтлерин берди. Районда шигиттиң районласқан түрлеринен С-4727 ҳәм Ч-5018 сортларын егиў жумыслары алып барылмақта.  Район аймағында бүгинги күнде барлық фермер хожалықларында шигит егиў жумыслары қызғын басланып кетти.