Ерполатқа қәўендерлер тәрепинен жай салып берилди.

Қараөзек районында социаллық жәрдемге мүтәж, жалғыз баслы майыплылығы болған инсанларға жәрдемлер көрсетилип, олар район ҳәкимлиги тәрепинен қадағалаўға алынған. Биринши сектор аймағындағы “Есим” МПЖ аймағында жасаўшы Ерполат Алламбергенов жаслайынан биринши топар майыбы болып, өзгелер жәрдемине мүтәж еди. Оның шаңарағы район ҳәкимлиги тәрепинен үйренилип, жасайтуғын жайының тозыўы жетиўи, оның майыплылығын есапқа алып, 2020-жылдың Ноябрь айынан баслап, Ерполатқа тазадан жай салыў ушын бир қатар қәўендер шөлкемлердиң басламасы менен қурылыс жумыслары баслады. Ҳәзир болса оның жайы замагөй усылда қурып питкерилди. Усы мүнәсебет пенен район ҳәкими Ерполаттың шаңарағында болып оны қутлықлады ҳәм  қурылысшылар менен қәўендерлерге өз миннетдаршылығын билдирди.