ҲАЯЛ-ҚЫЗЛАРДЫҢ БӘНТЛИГИ ТӘМИЙИНЛЕНБЕКТЕ

Бүгинги күнде районда ҳаял-қызлардың бəнтлигин тəмийинлеў, əсиресе жумыссыз ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаўда бир қанша жумыслар əмелге асырылмақта. Атап айтқанда  “Қутлы мәкан” МПЖ аймағында жасаўшы пуқара Музирикова Умида өзи көп ўақытлардан берли жумыссыз жүрип, жеке исбилерменлигин баслаў мақсетинде “Ҳәр бир шаңарақ исбилермен” жойбары тийкарында банктен жеңиллетилген 33 млн сум кредит алып, өз исбилерменлик жумысларын баслап жиберди. Бүгинги күнде У.Музирикова гөззаллық салонын ашып, 3 ҳаял-қыздың бəнтлигин тəмийинледи.