Қыйтақ жер дәрамат дереги.

Үй алды қыйтақ жеринен пайдаланыў бүгинги күн талабы есапланады. Сонлықтанда қыйтақ жерлерден пайдаланып, базарларымыздың арзанлаўына өз үлесин қосып киятырған район турғынлары көплеп ушырасады.Қараөзек районындағы “Есим” МПЖ ның турғыны Пердебай Жарасов көп жыллардан берли үй алдындағы он алты сотых жеринен өнимли пайдаланып, ҳәр жылы ерте писер өнимлерден помидор, кортошка, көк пияз, чеснок өнимлерин ерте егип тәрбиялап жетистирип келмекте. Сондай-ақ усы аймақ турғыны Рабай Алламбергеновта өткен жылы еки сотых жерге ыссыхана қурып, бүгинги күнде ерте писер өнимлерди егип, тәрбиясын берип киятыр.